logo

Мирзиёев Путин менен Қарақалпақстандағы жағдайды талқылады

Шавкат Мирзиёев кеше, 17-сентябрь күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы байланысқан.  Онда Путин Мирзиёевқа миймандослығы ҳәм Самарқандта жоқары дәрежеде өткен саммит ушын миннетдаршылық билдирген.

Өз-ара күн тәртибиндеги, атап айтқанда, саўда -экономикалық тараўдағы айырым актуал мәселелер талқыланған. Россия -Өзбекстан стратегиялық шериклик мүнәсибетлерин және де беккемлеў бойынша өз-ара умтылыс тастыйықланған.

Россия тәреп Өзбекстан администрациясының Қарақалпақстандағы жағдайды турақластырыў бойынша ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўын билдирген.

Болажақ байланыслар кестеси де талқыланған.

Дерек: Dembermes.uz

Соңғы жаңалықлар