logo

170 млн. сум алимент пуллары алдыннан төленди

Пуқаралық ислери бойынша Беруний районларар судының 17.09.2021-жылғы суд буйрығына тийкар қарыздар О.М.дан өндириўши Х.Р.дың пайдасына еки перзентиниң тәмийнаты ушын қарыздардың ҳәр айдагы дараматының 1/3 бөлеги муғдарында алимент напақасын өндириў белгиленген болып, усы орынлаў ҳүжжети Бюроның Елликқала районы бөлими ис жүритиўине келип түскен.

Орынлаў ҳәрекетлери барысында, қарыздар әке тәрепинен алимент напақасы бир жыл даўамында үзликсиз ҳәм толық төленип келинген. Бирақ, усы жылдың октябрь айында қарыздар әке тәрепинен алимент напақасын алдын ала төлеп бериў нийетин билдирип Бюро бөлимине мүрәжат еткен ҳәм мәмлекетлик орынлаўшылар тәрепинен көрсетилген әмелий жәрдемлерден кейин 18 жасқа шекемги болған 170 млн. сўм алимент пулларын алдын ала төлеп берди.

Орынлаў ҳүжжети болса, Өзбекстан Республикасының “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа орган ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамының тийисли статьясына тийкар тамамланды.

Соңғы жаңалықлар