logo

Қарақалпақстанда оқыўшыларға бийпул түслик бериў толық шөлкемлестирилмегени сынға алынды

1-ноябрь күни Президент Администрациясы басшысы Сардор Умурзақовтың басшылығында болып өткен халық билимлендириўи тараўына бағышланған видеоселектор мәжилисинде Қарақалпақстан Республикасында мектеп оқыўшыларына бийпул түслик бериў менен байланыслы машқала да сынға алынып, додаланды. Бул ҳаққында ӨзАның хабаршысы хабар беремкте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2022-жылдан баслап Хорезм ҳәм Қарақалпақстан Республикасында 1-4-баслаўыш класс оқыўшыларына бийпул түслик бериў жолға қойылған еди. Өтип атырған жаңа оқыў жылында Хорезм ўәлаятында кейтеринг усылында бийпул аўқат бериў 94 процент мектеплерде жолға қойылған болса, Қарақалпақстанда тендер таңлаўларын өткериў даўам етип атырғаны себепли бул әмелият еле толық басланбағаны ҳаққында мағлыўмат берилди.

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қаҳраман Сариев мағлыўмат берди. Оның мәлим етиўинше, тендер саўдаларының бир бөлеги жуўамақланып, 19-сентябрьден баслап айырым мектеплерде бийпул түслик бериў басланған. Сондай-ақ, октябрь айында да тендер таңлаўлары даўам еттирилген, тез арада кейинги тендер саўдалары өткерилиўи режелестирилмекте.

Сардор Умурзақов Президенттиң қайырлы басламасының орынланыўына жуўапкер адамлардың усындай кемшиликке жол қойғаны ушын наразылық билдирди. Гәп баслаўыш класс оқўшыларының аўқатлары ҳаққында кетип атырғаны, бул мәселеге үстиртин қараў улыўма мүмкин емеслигин, мәмлекетлик бюджеттен барлық тийисли қаржылар ажыратылып, қаржы мәселесинде бирде-бир машқала жоқ екенин айрықша атап өтти.

Қарақалпақстанда оқыўшыларға бийпул түслик тарқатылып атырғаны бойынша Халық билимлендириў министрлиги, Бас прокуратура ҳәм Есап палатасы ўәкиллериниң қатнасыўында тексериў өткерилетуғыны мәлим етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар