logo

“Үйде жалғыз” фильминдеги ҳеш кимге мәлим болмаған 7 факт


1. Актёр Дэниел Стернниң жүзиндеги ҳақыйқый өрмекши еди. Актёр қорқыўды даўыс шығармай, жүзинде көрсетиўи керек болды, егер бақыратуғын болса,  өрмекши қашып кетиўи мүмкин еди. Бул сахна табыслы түрде,  биринши дубляждың өзинде сүўретке алынды,  даўыс болса кейин жазылды.

2. Кевинниң қолындағы Талкбой диктофоны концепт-модел болып, негизи ол нәрсе өмирде жоқ еди.

3. Гарри ҳәм Марвин алған жарақатлары өмирде өлимге алып келеди. Буны тек ғана 2012-жылы врачлар рәсмий түрде тән алды.

4. Гарри ролине Роберт де Ниро ҳәм Жон Ловитслар мирәт етилген еди. Бирақ, олар фильмде сүўретке түсиў усынысын бийкарлаған.

5. Кевин роли Маколай Калкин ушын арнаўлы жазылған болса да, кастингте жүзден артық балалар қатнасқан. Фильм дөретиўшилери Кевин рөлине Маколай Калкинден басқа адам сәйкес келмейтуғынлығына исеним қабыл етиў ушын кастинг өткерген.

6. Маколей Калкинниң әкеси Киран да усы фильмде сүўретке түскен. Ол келинниң әжағасы Фуллер ролин атқарған.

7. Марв жаланаяқ басып жүретуғын “шийше” сынықлары негизинде конфета қағазларынан таярлаған, актёр сонда да аяғына резина шулық кийип алған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар