logo

Жаңа жыл күнлери электр энергиясында үзилислер болмайды


Усы күнлери электр энергиясы ҳәм тәбийғыйғый газ жеткериў бойынша жүзеге келип атырған жағдайлар бойынша энергетика министриниӊ орынбасары Шерзод Ходжаев төмендегилерди мәлим етти:

– Елимизде жеткиликли муғдардағы тәбийғый газ импорты жолға қойылса, ыссылық электр станциялары белгиленген жойбар тийкарында жеткиликли муғдарда электр энергиясын ислеп шығарып, тутыныўшылар толық тәмийинленеди. Үйлердеги газ басымы менен байланыслы мәселелер де шешиледи.

Метан газ қуйыў шақапшаларына келетуғын болсақ, халықтыӊ газ тармақларына жалғанған шақапшалар бәрибир белгили бир график тийкарында ислеўи керек. Себеби суўық күнлерде кешки пайыт аўқат асыў процесине унамсыз тәсир көрсетпеўи керек. Бирақ санаат коллекторлары арқалы өз алдына труба тартылған шақапшалардың үзликсиз ислеўин тәмийинлеў мүмкин.

Өз гезегинде, тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы ушын тарифлерди қайта көрип шығыў процесинде, экспертлер тәрепинен базалық тарифлерди өзгериссиз қалдырып, мәлим бир муғдардан көбирек пайдаланған жағдайларда оның баҳасын кескин арттырыў бойынша усыныслар берилген. Ҳәзирги күнде усы усыныслар ҳүкимет тәрепинен көрип шығылмақта.

Ҳәзирги күнде ыссылық электр станцияларына жеткиликли муғдарда тәбийғый газ жеткериўдиң мүмкиншилиги болмағаны себепли резерв жанар майы ретинде мазутдан пайдаланылмақта. Мазут болса шет елден алып келинеди. Мазут арқалы ислеп шығарылған электр энергиясының өзине түсер баҳасы — 1,500 сум әтирапында. Лекин халыққа сатылып атырған баҳа – 295 сум. Жүзеге келип атырған айырмашылықларды болса мәмлекет тәрепинен ыссылық электр станцияларына субсидия бериў арқалы қаплап бериледи.

Байрам күнлерине келсек, атап айтқанда, Жаңа жыл байрамында электр энергиясына болған талап сезилерли дәрежеде азаяды. Себеби билимлендириў мәкемелери, өндирислик кәрханалар өз жумысын ўақытша тоқтатады. Бул арқалы ҳәзирги  электр энергиясының тийкарғы бөлеги халыққа ҳәм айырым социаллық тараў объектлерине қаратылады. Жаңа жыл байрамында электр жеткериў бойынша мәселелер жүзеге келмейди, деп ойлайман.

Егер орынларда авариялық жағдайлар жүзеге келетуғын болса, күни-түни ислейтуғын жумысшы топарлардыӊ жумысы жолға қойылған ҳәм ҳәр қандай локал машқалалар оперативлик пенен сапластырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар