logo

«Мени қутқарып қалыў варианты жүда аз еди». Актриса рак кеселлигинен емленип атырғанын мәлим етти

Өзбекстанға хызмет көрсеткен актриса, майыплығы бар инсанлардың ҳуқықларын қорғаўда активлик көрсетип киятырған Раъно Шодиева рак кеселлигинен емленип атырғанын мәлим етти.


Шодиеваның айтыўынша, ол жүдә кем ушырайтуғын, әсиресе ҳаялларда шенде-шен анықланатуғын баўыр ракы менен кеселленген. 

Ол басынан өткенлерин айтып берер екен, емлениў ушын Түркияны сайлағанын айтып өтти. Актриса Истанбулдағы емлеўханалардың биринде операция қылынған ҳәм операция жақсы жуўмақланған. 

«Ҳеш әттең демеймен. Себеби мени қутқарып қалыў варианты жүда аз еди. Операция 11 саат болды ҳәм және өмирге қайтыўым Аллаҳтың кәрәматы еди. Негизинде операция 6 саат болыўы керек еди, айрым себеплерге көре 11 саатқа шекем созылды. Шыпакерим нәтийжеден жүда қуўанышлы. Жағдайым төмен еди. Шыпакерим «Дәслеп ашып көремиз, егер жағдай төмен болса қайтадан жаўып қоямыз» деген еди. Бирақ Аллаҳ маған тағы бир өмир берди, буннан жүдә қуўанышлыман», дейди Раъно Шодиева.

Соңғы жаңалықлар