Күнлик суў қабыллаўы инсан ушын 2 литрди қурайды. Ифтарлықтан сәҳәрликке шекем усы суўды ишиўге ҳәрекет етиң. Ифтарлықта бир кесе суўға пал қосып ишиң.Сәҳәрлик ўақтында газли ишимликлер, консерва, қатты қуўырылған тағамларды қабыл етпеў, ашшы ҳәм шор өнимлерди шеклеўге талпынғаныңыз мақул.
Сәҳәрлик дастурқаны белок ҳәм углеводларға бай тағамлардан ибарат болыўы керек.
Қайнатылған мәйек ҳәм сүт өнимлери қарынды тоқ тутыў қәсийетине ийе. Соның ушын да айырым адамлар сәҳәрликте қаймақ жеўди абзал көреди.
Қурма жеў болса организмге қуўат бағышлайды, себеби бул мийўе қурамында углевод, клетчаткалар, калий ҳәм магний элементлери көп.
