Ташкент қаласындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде өткерилген баспасөз конференциясында ӨзР Инновациялық раўажланыў министри И.Абдураҳмонов ҳәм министр орынбасары Ш.Турдиқулованың мәлим етиўинше, вакцина қабыллаў инсанның перзент көриў қәбилетине улыўма тәсир өткермейди.– Ҳәзирги ўақытта коронавирусқа қарсы шаншылғаннан кейин ҳәмиледар болған ҳаяллар бар ҳәм олардың денсаўлығы турақлы қадағалаўға алынған.
Дәслепки шаншыў басқышларынан берли 7-8 ай ўақыт өтти ҳәм усы ўақыт аралығында ҳеш бир ҳаялда кери тәсир бақланбады. Ең әҳмийетлиси – вакцина алғаны олардың ҳәмиледар болыўына ҳеш қандай тосқынлық көрсетпеген, – деп айтып өткен.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
