Президент 2-август күни «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымша киргизиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды.Ҳүжжет Нызамшылық палатасы тәрепинен 27-июльда, Сенат тәрепинен болса 31-июльда мақулланған.
Мийнет кодексиниң 113-статьясына хызметкер карантинли ҳәм жуғымлы кеселликлер қәўипи болғанда Бас мәмлекетлик санитария врачы қарары тийкарында профилактикалық емлеўден өтиўди бийкар етсе, жумыс бериўши оны жумыста қалдырмаўына ҳақлы екенлигине байланыслы қосымша киргизилди.
«Пуқаралар денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы нызамға киргизилген қосымшаға бола, карантинли ҳәм ҳәм жуғымлы кеселликлер қәўипи болғанда Бас мәмлекетлик санитария врачының қарары тийкарында халықты профилактикалық емлеўден өткериў енгизилиўи белгиленди.
Makan.uz
