logo

Бронхит кесели барларда вакцина аўыр белгилерди қалдыра ма?

МҒКАда болып өткен брифингте Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Севара Убайдуллаева вакцинация бағдарындағы халықтың сораўларына жуўап берди.

Бронхит кеселлиги бар адамларда вакцина аўыр белгилер қалдыра ма?

Көпшилик жағдайларда бул кеселликтиң қайтадан тутыўы ямаса белгилеринде сыртқы орталықтың тәсиринде организмге түскен вируслар да себеп болыўы мүмкин.

Соның ушын, бронхит кеселлиги бар наўқаслар менен жақын қатнаста болыўдан өзлерин қорғаўы керек, яғный карантин қағыйдаларына әмел етиўи ҳәм вакцинаны алыўы талап етиледи. Вакцина бундай наўқаслардың кеселликлер белгилериниң алдын алыў имканиятын жаратады. Яғный, вакцина алып организмде қорғаныў қәлиплесиўи менен, коронавирус организмде кеселликти келтирип шығарыўының алдын алыў мүмкин ямаса жеңил өтиўинде ҳәм зыян көрмеўине жәрдем береди.

kknews.uz

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар