logo

Коронавирус: Қарақалпақстанда 274 наўқас стационар шараятта емленип атыр, 48 наўқастың аўҳалы аўыр

2021-жыл 16-августь саат 11:30 жағдайында Қарақалпақстан Республикасы бойынша коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслардың саны 3 484 адамды қурайды. Соннан 274 наўқас стационар шараятта емленип атыр. Соның ишинде:
111 пуқара – Арқа-батыс әскерий горнизоны аймағында жайласқан Нөкис арнаўлы медицина комплексинде;
101 пуқара – Республикалық фтизиатрия ҳәм пульмонология орайында;
62 пуқара – Беруний районындағы «Педагогика колледжи спорт комплекси»нде емленбекте.
Соннан: 48 наўқастың аўҳалы аўыр, 11 наўқас жүдә аўыр аўҳалда, 205 наўқастың аўҳалы орташа, 10 наўқастың аўҳалы жеңил (қанаатландырарлы).
Наўқаслар дәри-дәрмақ ҳәм 5 мезгил аўқат пенен тәмийинленген. 
3210 пуқара – коронавирустың жеңил симптомлары менен үй шараятында аймақлық поликлиникалар қадағалаўы астында емленбекте.
Бүгинги күнге шекем 8115 наўқас тәўир болған.
Эпидемиологиялық бақлаў жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги

Соңғы жаңалықлар