logo

Өзбекстанға 3 миллион доза өзбек-қытай вакцинасы алып келинди

Ҳәзирғана ZF-UZ-VAC2001 вакцинасының және 3 миллион дозасы елимизге алып келинди. Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.

Жазылыўына қарағанда, усы күнге шекем Өзбекстанға келтирилген жәми вакцина 17 миллион 856 мың 540 дозаны қурамақта.

Олардан 370 000 дозасы “Sputnik дозасы, 13 500 000 миллион дозасы ZF-UZ-VAC2001, 3 000 060 дозасы “Moderna” вакцинасы болып табылады.

Еслетип өтемиз, усы күнге шекем 12 миллион 750 мың 44 доза вакцина емлеў процесслеринде пайдаланылды.

Соның менен бирге, Усы күнге шекем коронавирусқа қарсы толық емленген пуқаралар 1 миллилн 479 мың 304 адамды қурайды

Соңғы жаңалықлар