Колумбияның батысындағы Кали қаласында бир адам коронавирусқа қарсы жети рет емленди. Бул ҳаққында Noticias Caracol телеканалы хабар берген.Телеканал мағлыўматларына қарағанда, Колумбия пуқарасы түрли вакцинация орайларында емленген, сол себепли оны тезлик пенен табыў мүмкиншилиги болмаған.
Қалалық денсаўлықты сақлаў министри Миерланди Торрестиң сөзлерине қарағанда, ер адам 60 жастан асқан болып, руўхый кеселликлерден қыйналады. Колумбиялы адам Sinovac, AstraZeneca, Pfizer ҳәм Janssen компаниялардың түрли дәри өнимлери менен емленген. Соған қарамастан, онда ҳешқандай қолайсыз белгилер анықланбаған.
«Бул ўақыя емленген адамлар ҳаққында реал ўақытта мағлыўматларды алыўда информация системалары әззилигиниң айқын мысалы болып табылады. Бундай жағдай бул сыяқлы ҳәдийселерди тезлик пенен анықлаўды қыйынластырыўы сөзсиз», — деген жуўмаққа келген Торрес.
Бундай жағдайлардың алдын алыў ушын Кали администрациясы вакцинациядан алдын барлық пуқаралар қол қойыўы мәжбүрий есапланған емлеўге болған арнаўлы разылық бланкасын ислеп шықты.
Сапура Темирханова
KRuz.uz
