logo

Кимлер коронавирусқа қарсы вакцина алмаўы мүмкин екенлигине анықлық киргизилди

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң тийисли буйрығы тийкарында тастыйықланған бирлемши медициналық-санитариялық мәкемелерде 18 ҳәм оннан жоқары жастағы халықты «COVID-19»ға қарсы шаншыў тәртиплерине муўапық, шаншыўға қарсы ўақтынша ямаса турақлы медициналық шеклеўлер емлеў-профилактикалық мәкемелериниң басшылары тәрепинен тастыйықланған арнаўлы комиссия тәрепинен белгиленеди. Бул ҳаққында министрлик мәлимлеме хызмети хабар берди.


Комиссия тәрепинен усыныс етилетуғын медициналық шеклеў ҳаққындағы мағлыўматнамада төмендегилер сәўлеленеди:


 

Ўақтынша қарсы көрсетпелер:

– Коронавирус кеселлигиниң күшли формасы болған наўқаслар;

– Лабораторияда «COVID-19» оң нәтийже берген, бирақ клиникалық белгилер болмаған адамлар;

– Коронавирус кеселлигине шатылған наўқаслар менен байланыста болғанлар карантин мүддети жуўмақланғаннан соң шаншылады.

 


Шаншыўға узақ мүддетли ҳәм турақлы қарсы көрсетпелер:


– Анамнезинде аўыр аллергиялық реакциялары (анафилактикалық шок) болған адамлар (тастыйықлаўшы медициналық ҳүжжет болғанда);

– Ҳәмиледар ҳәм емизиўли ҳаяллар (вакцинаның усы контингентке қәўипсизлиги ҳаққында мағлыўмат жетерли емеслиги себепли);

– 18 жасқа толмаған балалар;

– Анамнезинде туўма ямаса арттырылған иммуножетиспеўшилик жағдайы, АИВ инфекциясы болған наўқаслар;

– Вакцинаның компонентлерине жоқары сезгирлиги болған адамлар.

 

Соны ядта сақлаў керек, «COVID-19» вакцинациясына қарсы көрсетпелер бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң шаңарақлық шыпакери тәрепинен анықланады ҳәм шеклеў ҳаққында жуўмақ шығарыў ушын арнаўлы комиссияға жибериледи. Ўақтынша ямаса турақлы медициналық шеклеўлер тек ғана емлеў-профилактикалық мәкемелериниң басшылары тәрепинен тастыйықланған арнаўлы комиссия тәрепинен белгиленеди.

Коронавирус инфекциясының аўыр формасы симптомлары болған наўқаслар, сондай-ақ, лабораторияда «COVID-19»ға оң нәтийже берген, бирақ клиникалық белгилери бақланбай атырған (симптомсыз) адамлар және коронавирусқа шатылған наўқаслар менен байланыста болған адамлар, карантин мүддетлери жуўмақланғаннан соң шаншылады.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларына тийкарлана отырып, «COVID-19» кеселлигинен саўалған ҳәм реабилитациялық дәўирди өткерген адам шыпакердиң рухсаты менен 3-6 айдан соң шаншылыўы мүмкин.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Соңғы жаңалықлар