logo

Өзбекстанда помидордан коронавирусқа қарсы вакцина жаратылды

Өзбекстан Илимлер академиясы жанындағы Геномика ҳәм биоинформатика орайы илимпазлары помидордан коронавирусқа қарсы вакцина жаратты. Бул ҳаққында "Zamon" басылымы хабар бермекте.

Орай қәнигесиниң мағлыўматларына бола, лаборатория шараятында жетистирилган помидор тутынылса, ас қазанда өним клеткалары бөлекленеди. Соннан кейин клеткалардың ишинде антиген пайда болады.

Бул жойбар бойынша илимпазлардың тәжирийбелери усы жылдың январь айынан берли даўам етпекте. Мәлим етилиўинше, бул тәжирийбеге қыяр ҳәм помидор сыяқлы өнимлер таңланыўы бийкарға емес, себеби оларға термик ислеў берилмейди. Өнимлер жоқары температурада писирилгенде, антиденешелер пайда етиўши вакциналар бөлекленип кетеди.

Дерек: Makan.uz

Соңғы жаңалықлар