Халқымыз байрамды қәтержем, арқайын, тынышлық-татыўлықта өткериўин тәмийинлеў мақсетинде байрам өткерилетуғын орынларда медициналық хызмет көрсетиў бойынша азанлы-кеш нәўбетшилик шөлкемлестириледи.Халық сейиллери, балалар қатнасыўындағы байрам илажлары өткерилетуғын ҳәм халық тығыз болатуғын орынларда медициналық жәрдем көрсетиў хызмети шөлкемлестириледи.
Соның менен бирге, байрам күнлери елимиздеги барлық емлеў шөлкемлеринде, аймақлық шаңарақлық шыпакер пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар, көп тармақлы орайлық поликлиникаларда белгиленген тәртипте байрам күнлери 08:00 ден 20 :00 ге шекем искерлик көрсететуғын шыпакер ҳәм мийирбийкелерден ибарат нәўбетши бригадалар дүзилиўи белгиленди.
Қыстаўлы медициналық жәрдем системасы шөлкемлери ҳәм “тез жәрдем” хызмети әдеттеги тәртипте үзликсиз ислейди. Атап айтқанда, Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы, оның аймақлардағы 13 филиалы, район ҳәм қала медицина бирлеспелери системасындағы барлық бөлимлери жумыс ислейди.
Мәмлекетимиздеги эпидемиологиялық жағдайды есапқа алған ҳалда емлеў пунктлери искерлиги байрам күнлери де даўам еттириледи.
Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети аймақлық басқармалары байрам илажлары өткерилетуғын орынларда карантин қағыйдаларына қатаң әмел етилиўи бойынша тийисли шараларды көреди.
Дерек: Makan.uz
