logo

Қарақалпақстанда коронавирус жуқтырған 12 адамның аўҳалы аўыр, 3 наўқас оғада аўыр жағдайда

Усы жыл 12-июль, саат 10:00 жағдайында Қарақалпақстан Республикасы бойынша коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслардың саны жәми 879 адамды қурайды, деп хабар бермекте Денсаўлықты сақлаў министрлиги. Соннан
91 пуқара – Арқа-батыс әскерий горнизоны аймағында жайласқан Нөкис арнаўлы медицина комплексинде стационар шараятта емленбекте. 12 наўқастың аўҳалы аўыр, 3 наўқастың жағдайы оғада аўыр, 79 наўқастың аўҳалы орташа.
57 пуқара саўалып, үйине кеткен.
788 пуқара коронавирустың жеңил симптомлары менен үй шараятында аймақлық поликлиникалар қадағалаўы астында емленбекте.

Kar24.uz

Соңғы жаңалықлар