Өзбекстанда коронавирусқа қарсы қолланылған вакциналар саны 18 миллион дозадан өтти, деп хабар бермекте Денсаўлықты сақлаў министрлиги.Жазылыўына қарағанда, 17-сентябрде мәмлекет аймақлары бойлап 200 430 доза COVID-19 ға қарсы вакцина қолланылды. Олардан:
▪️1-басқыш емленгенлер 58 011 адам;
▪️2-басқыш емленгенлер 95 642 адам;
▪️3-басқыш емленгенлер 46 777 адамды қурайды.
Ҳәзирги күнге дейин мәмлекетлерде жәми 18 082 373 доза вакцинадан пайдаланылды. Олардан:
▪️1-басқыш емленгенлер 10 334 108 адамды;
▪️2-басқыш емленгенлер 5 745 222 адамды;
▪️3-басқыш емленгенлер 2 003 043 адамды қурайды.
Усы күнге шекем толық емленген пуқаралар 3 596 143 адамды қурамақта.
17-сентябрде емлеў көрсеткишлери бойынша жоқары орынларды:
▪️Наманган ўәлаяты (23 106 доза);
▪️Ташкент ўәлаяты (22 743 доза);
▪️Андижан ўәлаяты (22 232 доза) ийеледи.
Жәми емлеў бойынша жоқары көрсеткишлер:
▪️Ферғана ўәлаятында 2 029 659 доза,
▪️Наманган ўәлаятында 1 967 350 доза,
▪️Андижан ўәлаятында 1 965 116 дозаны қурамақта.
Буннан алдын ДСМ емленгенлик ҳаққында СМС-хабар келиўиндеги қателиклер ҳаққында түсиндирме берген еди, Өзбекстанда ислеп шығарылған "Sputnuk V" вакцинасы октябр айында ишки базарға шығарылыўы ҳәмде Өзбекстанға Полшадан 252 мың доза "AstraZeneca" вакцинасы алып келингенлиги ҳаққында хабар берилген еди.
