
Пүткил жер жүзинде COVID-19 коронавирус пандемиясының кең тарқалыўы, дүнья мәмлекетлери қатары Өзбекстанда ҳәм халыктың саламатлығына ҳәм физикалық жетиклигине айрықша итибар қаратыў ҳәмде саламат турмыс тәризин күнделикли өмиримизге кең еңгизиў зәрүрлигин көрсетип берди.
Усы мүнәсибет пенен, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 30.10.2020-жылдағы ПФ-6099-санлы Пәрманы ҳәмде Министрлер Кабинетиниң 19.11.2020-жылдағы 735-санлы қарары орынланыўын тәмийнлеў, сондай-ақ, хызметкерлердиң саламат турмыс тәрзине әмел етиў, олардың физикалық ҳәм руўхый беккемлигин асырыў мақсетинде Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм район (қала) бөлимлери хызметкерлери де бул ғалабалық иләжға өз үлесин қоспақта.
Атап айтқанда, иләж шеңберинде бәрше хызметкерлер ықтыярий түрде бир күн даўамында барлық түрдеги автотранспорт түрлеринен ўаз кешип, жумыс орнына ҳәмде хызмет ўазыйпаларын пияда ямаса велосипед арқалы әмелге асырмақта.
Ең баслысы, бул иләжлар бир күнлик болып емес, ал алдағы ўақытта турақлы түрде жедел даўам еттириледи.
