logo

Жеке меншик емлеўханаларда кимлер бийпул емлениўи мүмкин?

Нызамшылықка муўапық, 2022-жыл 1-январьға шекем жеке медицина мәкемелери (стоматология ҳәм косметология хызметлеринен тысқары) медициналық хызметлер көрсетиўден босайтуғын қаржыларды халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына бийпул медициналық хызметлер көрсетиўге жөнелтиргенде барлық түрдеги салықларды төлеўден азат етилген.
 
Бунда, салық жеңиллиги усыныс етилген жеке медицина мәкемелери тәрепинен халықтың төмендеги социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына бийпул медициналық хызметлер көрсетиледи: 

- басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз кекселер ҳәм жалғыз жасаўшы кекселер; 

- I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар, майыплығы болған балалар; 

- қатнасқа уқыпсыз ҳәм байланыс уқыбы шекленген пуқаралар; 

- социаллық әҳмийетке байланыслы кеселликлерге шатылған шахслар; 
 
-жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар; 
 
- 1941-1945 жыллардағы урыс майыплары ҳәм урыс қатнасыўшылары, соның менен бирге, оларға теңлестирилген шахслар; 
 
- 1941-1945-жыллардағы урыс дәўиринде мийнет искерлигин әмелге асырған урыс қатнасыўшылары; 
 
- нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте социаллық қорғаўға мүтәж деп табылған басқа да шахслар.

Дерек: KRuz.uz

Соңғы жаңалықлар