logo

❗️Дүньяда коронавирус пандемиясының жаңа толқыны басланғаны мәлим етилди

Дүнья коронавирус пандемиясының жаңа толқыны басланыў алдында тур. Бул ҳаққында Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми бас директоры Тедрос Аданом Гебрейесус мәлим еткен.

«Ҳәзир биз үшинши толқынның дәслепки басқышындамыз», — дейди ол.

Гебрейесус 10 ҳәптелик төменлеўден кейин өлим жағдайлары көтерилгенине итибар қаратты.

Оның сөзлерине қарағанда, коронавирустың «дельта» варианты кеселлик жуғыўы көрсеткишлери артыўының тийкарғы факторы есапланады.

Сондай-ақ, коронавирустың ҳиндше штаммы дүньяның 111 мәмлекетинде анықланғанын да айрықша атап өтти. Бул ҳаққында ӨзР ДСМ хабар берди.

Коронавирустың ҳиндше мутациясы ямаса «дельта» штаммы март айында Маҳараштра штатында анықланған.

✍KRuz.uz

Соңғы жаңалықлар