Ҳәммеге мәлим, журтымызда коронавирусқа қарсы гүресиў мақсетинде усы жылдың 1 апрел сәнесинен баслап емлеў илажлары әмелге асырылып атыр.Өзбекстанда коронавирусқа қарсы бустер доза менен ықтыярый емлеў әмелге асырылады.
Атап айтқанда ҳәзирги кунге шекем 6 түрдеги 42 млн 805 мың доза коронавирусқа қарсы вакцина алып келинген. Соның менен бирге жыл ақырына шекем 5,6 млн доза вакцина алып келиниўи күтилмекте.
Өзбекстан Республикасы бас мәмлекет санитария шыпакериның көрсетпесине муўапық Республика халқы ортасында коронавирус инфектсиясына қарсы иммунитетти асырыў мақсетинде 2021 жыл 17 ноябрь күнинен баслап толық вакцина курсын алған пуқаралар (2 ямаса 3 мәрте емленганлар) бустер доза менен ықтыярый түрде емленеди.
