Немис шыпакерлери наўқас адамлардың аязлаўдан тез тәўир болыўына тосқынлық ететуғын ең кең тарқалған қәтелерди санап өтти. Бул ҳаққында «Focus» журналында мақала басып шығарылды.Оған бола, қәтеликлер дизиминде биринши орында аязлаўда мурын ушын тамшы ҳәм спрейлерден пайдаланыў келтирилген. Бул өнимлер егер оғада узақ ўақыт ислетилсе, мурынға зыян жеткериўи ҳәм ҳәттеки оларға үйренип қалыўға алып келиўи мүмкин.
Сонлықтан шыпакерлер тамшы ҳәм спрейлерди бир ҳәптеден аслам ислетпеўди мәсләҳәт бермекте.
Аязлаўды емлеўдеги екинши қәтеси – бул температураны дәрилер менен оғада тез түсириўге ҳәрекет етиў.
Шыпакерлерге бола, температураның артыўы иммунитет системасына патогенлер менен жақсырақ гүресиўге жәрдем беритуғынын еслетип турады. Яғный температураның артыўы зәрүр қорғаў реакцияларын тезлестиреди. Егер аязлаўда температура балаларда 38, жасы үлкенлерде 38,5 дәрежеден артпаса оны түсириў керек емес екен.
Үшинши қәте аязлаў ҳәм температура ўақтында да көпшилик дем алыўдан ўаз кешеди. Яғный, температура түсиретуғын препаратларды қабыл еткеннен соң тез жеңиллик сезими пайда болады ҳәм адам жумыс пенен бәнт болыўды қәлейди. Бундай ўақытта биринши гезекте емлениўди жуўмақлаў керек. Ҳәм ҳеш қандай жағдайда толық тәўир болмағанша әддеттеги спорт шынығыўларына қайтпаў керек.
Және аязлаған адамлардың төртинши қәтеси – ыссы ванна қабыл етиў ямаса саунаға барыў болып есапланады. Олар аязды жеңиўге жәрдем бермейди, тек денениң терморегуляциясын алжастырады. Сонлықтан саунаға тек аязлаўдың профилактикасы ушын барыў мүмкин, кеселликтен емлениў ушын емес.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
