ЖДСШ коронавирустың жаңа омикрон варианты пайда болғанлығы еки жыллық пандемиядан кейинги экономикалық тиклениўди қәўип астында қалдыриў мүмкинлигин айтпақта.Омикрон штаммы ҳәзирге шекем «жеңил белгилер» менен гүзетилген және оны үй шараятында емлеўге ерискен. Наўқаслар белгилеген «жеңил тийкарғы клиникалық шағым — бул бир ямаса еки күн даўамындағы „қатти шаршаў“, усы менен бирге бас ҳәм дене аўрыратуғынын» айтылмақта.
ЖДСШне көре, алдын COVID-19 бенен аўырған наўқаслардың жаңа штамм менен наўқасланыўы мүмкиншилиги жоқары. Бирақ буған байланыслығы ҳәзирги жуўмақлар шекленген мағлыўматларға тийкарланған болып, толық үйрениўлер бир неше күн ямаса ҳәпте ўақыт талап етеди.
