logo

Өзбекстан 10 мәмлекет пенен авиарейслерди тоқтатты

Республика арнаўлы комиссия қарарына муўапық Өзбекстанға коронавирустың "омикрон" штаммы кирип келиўиниң алдын алыў ушын бир неше мәмлекетлер менен авиарейслери тоқтатылды.

Оған көре, 3-декабрьден 2022-жылдың 10-январына шекем Қубла Африка Республикасы, Ботсвана, Намибия, Зимбабве, Мозамбик, Мадагаскар, Лесото, Эсватини, Танзания хәм Гонконг пенен халықаралық (кириў, шығыў хәм транзит рейслер арқалы республикаға кириў) тоқтатылды.

Усы мәмлекетлердиң пуқаралары ҳәм усы мәмлекетлерде турақлы пуқралығы болмаған шахслар, сондай-ақ 14 күн даўамында жоқарыдағы мәмлекетлерде болған үшинши мәмлекет пуқаралары Өзбекстан Республикасы аймағына киргизилмейди.

Соңғы жаңалықлар