Калифорнияда ҚАРдан қайтқан шахсқа 29-ноябрь күни коронавирустың омикрон варианты анықланды. Вирус бүгинги күнге дейин 24 мәмлекетке кирип үлгерди.ЖДСШ қәуип топарына кириўши адамларға ҳәзирге дейин саяхатқа шықпай турыўды усыныс етип атыр. Бундай топарға: вакцина алмағанлар, жасы 60тан асқанлар ҳәм жуқпалы ауырыўы барлар.
БМШ бас хаткери Антонио Гуттериш Африка мәмлекетлери менен қатнаўлар тоқтатылып атырғанлығы сынға алынды. "Вирус ҳәмме жерде, ҳәтте Европада да белгиленип болған уақытта дунья экономикасын ҳәлсиз бөлегин қамал етип қойыўды қабыл етип болмайды"—деди ол.
