Швейцария Давос қаласында кейинги жылдың 17-21-январында болыўы белгиленген халықаралық экономикалық форум коронавирустың омикрон штаммы тарқалыўы менен байланыслы жағдай себепли жазға қалдырылды, дейиледи "INTERFAX.RU" хабарында."Пандемияның ҳәзирги жағдайында туўрыдан-туўры халықаралық форум өткериў қыйын. Форумда медициналық қағыйдаларға қатаң әмел қылынса да, омикронның жуғыў тәбиятындағы анық емеслик илажды қалдырыўды талап етеди" дейиледи форум мағлыўматында.
Мағлыўмат ушын, усы жыл басында бул форум пандемия себепли онлайн форматта өткерилген еди.
