? 2021-жыл 1-сентябрге шекем 18 жастан жоқары болған төмендеги топардағы пуқаралар коронавирус инфекциясына қарсы 1-доза вакциналарын;? 1-октябрге шекем 2-доза вакциналарын;
?1-ноябрге шекем 3-доза вакциналары меннен ғалабалы түрде (денсаўлығы бойынша қарсы көрсетпелер болмаған жағдайда) шәртлиги белгиленди.
Олар:
– халық пенен байланысқа кириўши бәрше түрдеги хызмет көрсетиў объектлериниң (мәмлекет хызметлери орайлары, почта бөлимлери, банклер, лизинг шөлкемлери, гөззаллық салонлары, шаштәрезхана ҳәм тағы басқалар) жумысшылары;
– бәрше түрдеги саўда объектлериниң (азық-аўқат, хожалық маллары, кийим-кеншек дүканларының, дәриханалардың ҳәм тағы басқалардың) жумысшылары;
– спорт мектеплериниң ҳәм де спорт имәратларының жумысшылары;
– мәдений ҳәм кеўилашар объектлердиң ҳәм дем алыў орынларының жумысшылары;
– мийманханалардың, үй мийманханаларының, хостеллердиң, отеллердиң, жатақханалардың ҳәм кемпинглердиң жумысшылары;
– жолаўшы тасыў менен шуғылланыўшы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлериниң жумысшылары;
– мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң жумысшылары;
– әскерий хызметшилер;
– улыўмалық аўқатланыў кәрханаларының, атап айтқанда, жәмәәт жерлеринде жайласқан тез аўқатланыў шахабшаларының, шайханалар, тойханалар, кафелер ҳәм ресторанлардың жумысшылары, сондай-ақ, өнимди жеткерип бериў менен шуғылланыўшылар;
– бәрше түрдеги мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина ҳәм медициналық-социаллық объектлери жумысшылары;
– коммунал хызмет тараўы жумысшылары;
– байланыс ҳәм телекоммуникация объектлериниң жумысшылары;
– мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў органларының жумысшылары;
– ҳуқықты қорғаўшы органлардың жумысшылары.
