logo

Коронавирустан кейин пайда болған антиденешелер саў организмге хүжим етиўи мүмкин— алымлар


Коронавирусты бастан кеширген адамларда пайда болыўшы антиденешелер организмдағы саў клетка ҳәм тоқымаларға да ҳүжим жасаўы мүмкин. АҚШтаң Лос-Анджелес жүрек институты изертлеўшилери усындай жуўмаққа келди.

Алымлардың анықлаўынша, адам коронавирустан саўалғаннан кейин арадан бир неше ай ўақыт өтип, организмдеги антиденешелер муғдары көбейеди ҳәм олар саў клеткаларға да ҳүжим жасаўды баслайды. Кеселликти вакциналар пайда болғанына дейин бастан кеширген медицина хызметкерлериниң 177си тексерип көрилгенде, жуқпалы аурыў, тери ҳәм нерв системасы кеселликлерине себеп болғаны анықланған.

Антиденешелер - аутоантигенлар менен өз ара тәсирге кирисиўи мүмкин болған антиденешелер. Олар тәртипсиз рәўиште яки бастан кеширилген инфекциялар нәтийжесинде пайда болады. Аутоантиденешелер аутоиммун кеселликлерин келтирип шығарады.

Соңғы жаңалықлар