Балада қурт бар екенлигин үй шараятында анықлаў.Буны анықлаў ушын жас аналар перзентлерине ҳәмийше итибарлы болыўы талап етиледи.
Қурт кеселлигин үй шараятында кеселликтиң клиник белгилерине қарап анықлаў мүмкин.
Ҳәзирги күнде дүнья бойынша адам организминде паразитлик (жатып ишер) етип жасайтуғын қуртлардың 270 тен артық түрлери мәлим. Бирақ солардан 40 түрдеги қуртлар инсанлардың әдетдеги жолдасы есапланады ҳәм сезилерли зыянланыў ошақларын келтирип шығарады.
Балаларда ең көп ушырасатуғын қурт (гельминт) түрлери келтирип шығаратуғын кеселликлер белгилери төмендегилер:
• Бас аўырыўы
• Ҳәр дайымғы шаршаў, ҳәлсизлик
• Дене температурасының көтерилиўи (дәўирлик)
• Еслеўдиң төменлеўи
• Баланың ынжық, ашыўшақ, аңқаў
• Ақылый ҳәм физикалық раўажланыў жағынан теңлеслеринен артта қалыўы
• Түнги уйқыда аўзынан силекей ажыралыўы (азанда уянғанында көпшигинде аўыздан силекей аққанын көриў мүмкин
• Аўыздан жағымсыз ийистиң келиўи (галитоз)
• Иштейдиң пәсейиўи базыда керегинен артық аўқат жеў
• Аўқаттың орнына көбирек мазалы затларға өш болыўы
• Кем қанлық (анемия)
• Кеўил айныў, қусыў
• Азып кетиў
• Қарында аўырыў (аўырыў киндик әтирапында)
• Иш кетиў яки иштиң ҳәр дайым қаталаўы
• Ҳәжетханада узақ ўақыт отырыў ҳәм ҳәжеттен кейинде өзин жеңил сезбеўлик
• Түнги уйқыда сидик тута алмаслық (энурез)
• Арқа анал тесигиниң қышыўы
• Қыз балаларда болса вульвовагинит (жынысый ағзада исиниў)
• Уйқының бузылыўы (ўақтында уқламаслық)
• Уйқлағанында тисин қайраў (бруксизм)
• Бет әлпетинде, мойын, қол ҳәм аяқ терилеринде аламыш ақ дақлар
• Дерматит көрнисиндеги аллергик реакциялар
• Витамин жетиспеўшилиги (авитаминоз)
• Ошақлы шаш төгилиўи (теңге формасында)
• Көзлерин ашып жума бериўи, көриў өткирлигиниң пәсейиўи
• Турқанақсыман белгилер пайда болыўы (ўақты ўақты менен)
•Тез тез шамаллаў (иммунитеттиң түсип кетиўи себепли)
Перзентиңизде жоқарыдағы белгилердиң көплеген түри анықланғанда, оны жуқпалы кеселликлер шыпакери, педиатр яки паразитолог көригине алып барыўыңыз зәрүр! Гүманыңызды тастыйқлаў ушын әлбетте нажас (үлкен дәрет) анализин тапсырыўыңыз керек.
Перзентиңиздеги бул белгилерге итибарлы болып, нажас (үлкен дәрет) тапсырып қурт түри анықланып, бала өз ўақтында емленсе, паразитлерден толық қутылыўыңыз мүмкин. Бирақ жеке гигиена қағыйдаларына әмел етпеў ақыбетинде және қайтадан паразитлерге шалыныў итималы бар.
Бундай жағдай тәкрарланбаўы ушын ҳәр күни балаңыздың жеке гигиенасына итибарлы болыў, төсек орамларын, сүлги ҳәм иш кийимлерин ҳәр дайым дазмаллаў мақсетке муўапық.
Умытпаң қурт кеселлиги жуқпалы кеселлик!!!
ҚРСЭТ ҳ ЖСБ паразитология бөлим ҳәм лабораториясы менгериўшиси: А.Тлемисова

