logo

Ересек aдамлардада қурт (гельминт) кеселлиги ушырасадыма?

Қурт кеселлиги тек ғана балаларда ушырасады деў пүткиллей надурыс. Гельминтлер тек ғана балаларда емес, бәлким ересеклердеде ушырайды. Ересеклерде балаларда бирдей зыянланыўы мүмкин.

Қуртлар ересеклердеда ҳәлсизлик келтирип шығарып, олардағы жумыс ислеў қәбилетин төменлетеди. Алымлар өткерген (В. И. Соколовский) тәжирийбесине көре, 320 жумысшы 3,5 ай даўамында қуртлар тәсиринде 1120 жумыс күнин жоғалтқан.

Олар иштейдиң пәсейиўи ақыбетинде асқазан ишек искерлигине улыўмалық тәсир көрсетип, тез шаршаў, бас аўырыўы, тонустың түсип кетиўи ҳәм басқа жағдайлар (симптомлар) себепли жумысқа бармаған. Емленгеннен соң 50% наўкаслар өзлерин анадан жаңа туўылғандай сезген. Аскаридоздың эндемик ошақларында 1 жыл даўамында ҳәр бир жумысшы орташа 10 жумыс күнин жоғалтқан.
Балаларда көп ушыраўына себеп:
Жеке гигиена, тазалыққа әмел етпеслик, буларда гигиеник мәденият еле төмен дәрежеде болады. Көбинше зыянланыў балалардың үй шараятындағы ҳайўанлар менен қатнасында, олардың дәрети түскен топырақ ҳәмде қумларда ойнағанында, базы балалар кесек жеўди жақсы көриўлери себеплиде ушырасыўы мүмкин. Балалар көшеде ойнап келгеннен соң қолларын, мийўе-палыз өнимлерин жеўден алдын жуўмайды, паразитлер бундай ўақытта организмге түседи.

Аўқатланыў режими ҳәм сыпатының бузылыўы нәтийжесинде асқазан ишек системасында ҳәр түрли өзгерислер жүзеге келеди. Тийкарынан қойыў майлы аўқатлар жеў ишеклер микрофлорасын бузады. Ишеклер жақсы ислемейди, өт қалтасында машқала пайда болады, аўқат сиңбей қалады. Балаларда асқазан ишек жоллары қорғаныўсыз болғанлығы ушын, қурт кеселлигине дуўшар болыў ҳәм жуқтырыў имканияты көплеў болады.

Иммунитет- Балалар организминиң гүресиў қәбилети төмен дәрежеде болғанлығы себепли паразитлер арқайын көбейе алады. Соның ушында барлық балалар жасаў шараяты ҳәм тәрбиялык орталығынан қаттый нәзер бирдей зыянланыўы мүмкин.

Паразитолог врач жәрдемшиси: Г.Қалбаева

Соңғы жаңалықлар