15 жасқа шекемги болған балалар ҳәм ҳәмиледарлар 7 түрдеги витаминлер комплекси менен бийпул тәмийинленеди. Бул ҳаққында "2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның рауажланыў стратегиясы ҳаққында"ғы Президент пәрманы менен тастыйықланған "Инсән қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы"нда әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик дәстүрде белгиленди.Дәстүрге көре, аналық ҳәм балалықты қорғаўға тийисли үстин ўазыйпалар әмелге асырылыўы шеңберинде:
46 районлар аралық перинатал орай шөлкемлестириледи;
Усы мәкемелер кадрлар, тәбийий аспап-үскенелер менен тәмийинленеди.
Өткен жылы басланған әмелият даўам еттирилип, 15 жасқа шекемги болған балалар ҳәм ҳәмиледарларға 7 түрдеги витаминлер комплекси менен бийпул тәмийинленеди.
Олардан:
10 жасқа шекемги болған балалар ишек паразитларына қарсы препаратлар;
2 жасқа шекемги болған балалар витаминлерге бай қосымшалар;
15 жасқа шекемги болған балалар, ҳәмиледарлар ҳәм емизикли ҳаяллар йод препараты менен тәмийинленеди;
2 жасқа шекемги болған балалар инфекцион кеселликлерге қарсы 13 түрдеги вакциналар менен емленеди.
