logo

«Кейинги бес жыллықта кәмбағаллықты кеминде 2 есеге қысқартырамыз» – Шавкат Мирзиёев

Биз «Инсан қәдири ушын» ураны астында кейинги бес жыллықта кәмбағаллықты 2 есеге қысқартырыўды алдымызға нийет етип қойдық.

Пандемия даўам етип атырғаны, ықлым өзгериўи, суў жетиспеўшилиги киби машқалалар дүнья бойынша азық-аўқат өнимлери баҳасының өсиўине себеп болып атыр. Халықтың күнделикли тутыныў ғәрежетлериниң 30 проценти гөш, сүт ҳәм мәйек киби өнимлерди қурайды. 

Сол себеп, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң тийкарғы системасы – шарўашылық тараўын қоллап-қуўатлаў, ресурс үнемлеўши технологияларды кең қоллаў арқалы гөш, сүт ҳәм мәйек ислеп шығарыў көлемин көбейтиў ҳәр қашанғыданда актуал дәрежеге көтерилип атыр, – дейди Президент.

Соңғы жаңалықлар