logo

​Қарақалпақстанда 6 айда 4,7 трлн сўмлық химия санааты өними ислеп шығарылған

Қарақалпақстан Республикасы химия санаатында январь-июнь айларында 4,7 трлн. сўмлық өнимлер ислеп шығарылған. Бул Қарақалпақстан Республикасы санаатындағы үлесиниң 53,1 пайызын қурамақта. Бул ҳаққында ҚР Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.

Хабар берилиўине қарағанда, ири болған “Uz-Kor Gas Chemical” қоспа кәрханасының Сургил газ-химия комплекси кәрханасы жылына 400 мың тонна полиетилен, 100 мың тоннаға жақын полипропилен ҳәм 102 мың тонна пиролиз дициллятын ислеп шығарыў қуўатына ийе.

Кәрханада 2022-жыл январь-июнь айлары жуўмағында жәми 4,4 трлн. сумлық өним ислеп шығарылған. Соннан 764,3 млрд. сўмлық 42,3 мың тонна полипропилен, 1669,2 млрд. сўмлық 150,2 мың тонна полиетилен, 28,5 млрд. сўмлық 44,3 мың тонна жеңил нефт дициллятлары ислеп шығарылған.

Буннан тысқары, кәрхана тәрепинен 5,1 млрд. сўмлық 178,8 млн. kVts электр енергиясы ислеп шығылған.

Кәрхана тәрепинен ақырғы 6 айда жәми 127,3 млн. долларлық полиетилен ҳәм полипропилен өнимлери экспорт етилген.

Соның менен бирге, “Қоңырат сода заводы”да январь-июнь айларында 248,8 млрд. сўмлық санаат өнимлери ислеп шығарылған. Соннан, Соннан, 242,3 млрд. сўмлық 102,2 мың тонна динатрий карбонаты ҳәм 752.5 млн. сўмлық 6,3 мың тонна ҳәк тасы өнимлери ислеп шығарылған.

Соңғы жаңалықлар