logo

Санаат ислеп шығарыў көлеми 9,5% ке көбейген

Мәмлекет статистика комитети мағлыўматларына көре, 2021-жылдың январь-октябрь айларында республикамыз кәрханалары тәрепинен 356,1 трлн. сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған.

Санаат өнимлери ислеп шығарыў көлеми өткен жылғы дәўири менен салыстырылғанда 9,5% ке асқан.

Санаат ислеп шығарыў қурамы:

Ислеп шығаратуғын санаат — 82,9%

Таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў — 9,6% 

Электр, газ, пуў менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў — 6,8%

Суў менен тәмийинлеў, канализация системасы, шығындыларды жыйнаў ҳәм утилизация қылыў — 0, 7%

Соңғы жаңалықлар