Өзбекстанда усы жылдың 1-апрелине дейин мәйек өними экспорты тоқтатылады. Бул ҳаққында Министирлер Кеңесиниң 16-декабрдеги мәжилиси баяннамасында қабыл етилген.Мәйек экспортына шеклеў қойыў усынысы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў министрлиги ҳәмде Аўыл хожалығы министрлигинен шыққан.
Бирақ, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети мәйек экспортына шеклеў жарияланбағанын айтып өтпекте.
"Мәйек экспорты бойынша исбилерменлерге аўызеки яки жазба шеклеў койылмаған. Сондай-ақ, исбилерменлер мәйек импорт етиўши мәмлекетлердиң өлшем ҳәм тәртиплерине муўапық экспорт қылыўшылары ушын шеклеў орнатылмаған", дейди комитет жуўапкери.
Бирақ, кеше 6-январь күни Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў министрлиги баспасөз хызмети шет елге мәйек сатыў ушын шеклеўлер жарияланғанын тастыйқлады.
