Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-февраль күни 2022-жылғы қысқы Олимпия ойынларының ашылыў мәресиминде қатнасыў ушын Пекин қаласына келди. Қытай пайтахтының "Шоуду" халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын усы мәмлекеттиң рәсмий шахслары күтип алды.
Қысқы Олимпиаданың ашылыў мәрәсими бүгин Ташкент ўақыты менен 17:00 де Пекиндағы "Қус уясы" миллий стадионында басланады.

