logo

«Права»ны тазасына алмастырыў ушын қайта имтихан тапсырыў керек емес!

Кейинги ўақытларда Мәмлекетлик хызметлер орайларында узын нәўбетлер бақланбақта. Буның себеби үйренилгенде, келиўшилер арасында айдаўшылық гүўалығын ҳүжжеттиң жаңа үлгисиндегине алмастырыў мүддети усы жылдың 1-март сәнесине шекем екенлиги ҳәмде соннан кейин айдаўшылық гүўалықларын алмастырыўда қайта имтихан тапсырыў керек болады, деген надурыс мағлыўмат тарқалғанлығы менен байланыслы екенлиги анықланды.

Ҳүрметли айдаўшылар!

Бул мағлыўматлар орынсыз!


Халыққа қолайлы болыў ушын, ески айдаўшылық гүўалығын жаңасына алмастырыў 2022-жыл 31-декабрге шекем даўам етеди.

Қайта имтихан талап етилмейди.

Ески айдаўшылық гүўалықлары төмендеги мүддетлерде жаңасына мәжбүрий алмастырылады:

● 2010-жылға шекем берилгенлери – 2022-жыл 31-мартқа шекем;
● 2010–2012-жылларда берилгенлери – 2022-жыл 30-июньға шекем;
● 2013–2015-жылларда берилгенлери – 2022-жыл 30-центябрьге шекем;
● 2015-жылдан кейин берилгенлери – 2022-жыл 31-декабрьге шекем.

Бүгинги күнде Мәмлекетлик хызметлер орайларында ески үлгидеги айдаўшылық гүўалығыңызды ҳүжжеттиң жаңа үлгидегисине алмастырыў имканияты жаратылған.

Еслетип өтемиз,  хызметтен пайдаланыў ушын дизимдеги ИИМ хәм ЖХҚБ бөлимлерине де (Усы жерде) мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

ҚР Ҳуқықый мәлимлеме

Соңғы жаңалықлар