logo

Мойнақ районы хәкимлиги фейк хабарға мүнәсибет билдирди

Социаллық тармақлар арқалы 18-19-июль күнлери Мойнақ районындағы кәрхана, мәкеме, шөлкем жумыслары, «Мойнақ дийхан базары» ЖШЖ ҳәм барлық түрдеги саўда орынлары, автомобиль, велосипед, скутер ҳәм пуқаралардың көшеде ҳәрекетлениўи тоқтатылатуғынлығы ҳаққында тарқалды.

Мойнақ районы ҳәкимлиги бул хабарға мнәсибет билдирди. Онда жазылыўынша, бул район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети арқалы өткен 2020-жылы жәрия етилген хабар болған.

Ҳәзирги ўақытта Мойнақ районы ҳәкимлиги коронавирусқа қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша арнаўлы штабының эпидемиологиялық ҳалат бойынша шеклеўлер орнатыў бойынша 2021-жыл ушын ҳеш қандай қарары тастыйықланған жоқ, делинеди ҳәкимлик мүнәсибетинде.

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар