logo

Төрткүлде 600 мың долларлық орынлаў ҳүжжети жуўмақланды

Мажбурий орынлаў бюросы Төрткүл районы бөлими жумыс жүритиўиндеги, 
Пуқаралық жумыслары бойынша Беруний районы судының 12.03.2020 жылғы, қарыздар «BESH XOROZ» жеке кәрханасынан өндириўши АТБ Микрокредитбанк Төрткүл филиалы пайдасына 580 383 АҚШ доллары негизги қарызы, 22 639 АҚШ доллар процентлери ҳәм почта қәрежетлерин (жәми 6.113.437.036 сўм) өндириў туўрысындағы орынлаў ҳүжжети майданынан усы жылдың 18 январ күни орынлаў жумысы жүритиўи қозғатылған. 

Мажбурий орынлаў ҳәрекетлери, орынлаў ҳүжжетинде көрсетилген жәмийетке қараслы басқарыў имәратларға қаратылып, мәмлекет орынлаўшысы тәрепинен хатлаўға алынған.Усы хатланған мүлклер электрон онлайн-аукцион саўдаларын шөлкемлестириў орайының “Е-IJRO AUKSION” бирден-бир электрон саўда майданшасына 18.01.2021 жылда реализация қылыў ушын жиберилген хәм тийисли тәртипте аукцион белгиленген. Бирақ, аукцион саўдаларында Мал-мүликлерге қарыйдар болмағанлығы себепли, сатылмастан қайтарылған.

Соннан кейин, усы мал-мүлклер Өзбекстан Республикасы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў туўрысында”ғы Нызамның 56-статьясы 18-бабына тийкарланып, қарыз орнына 10% арзанластырылған жағдайда өндириўши балансына алыў усыныс етилген ҳәм разылық хаты менен мал-мүлклер банк балансына берилген.

Сол себепли, усы орынлаў ҳүжжети әмелде орынланғаны себепли тийисли тәртипте жуўмақланды.

Соңғы жаңалықлар