logo

«Баслаған ўақтымызда ҳеш ким бизге исенбеди» – Шавкат Мирзиёев Аралдың қурыған ултанында жасыл тоғайлықлар пайда етиў ҳаққында

- Баслаған ўақтымызда ҳеш ким бизге исенбеди. Имканиятларымыз да жетерли емес еди. Мийнеткеш Қарақалпақстан халқы менен қолды-қолға берип, биргеликте аўызбиршилик пенен усы машқаланы шешиў ушын жеңди түрип кирискенимиз бәршеңизге мәлим.

Соңғы жыллары Арал теңизиниң қурыған ултанында 1,6 миллион гектарлық майданға сексеўил ҳәм шөлге шыдамлы басқа өсимликлерди егип, тоғайлық пайда етиўге еристик.

Тәңриниң инаяты менен Өзбекстанның барлық ўәлаятлары қатнасыўында қысқа ўақыт ишинде усы районда үлкен жумысларды әмелге асырдық.

Көплеген мәмлекетлерден, халықаралық шөлкемлерден маған хат жазады: Сол рас па? Келип көрип кетиң, деймен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар