- 14 мың гектарлық пахта ҳәм ғәлле майданлары қысқартылып, халыққа ашық түрдеги таңлаў тийкарында, 1 гектарға шекем узақ мүддетли ижараға бериледи ҳәм бул арқалы 50 мыңға шамалас жумыс орны шөлкемлестириледи;- 6 мың жумыссыз адам ушын киши көлемли ыссыханалар қурып бериледи;
- халықтың қыйтақ жерлериниң суў тәмийнатын жақсылаў арқалы 12 мың пуқараның бәнтлиги тәмийинленеди;
- мәҳәллеге кирген ирригация системасын тиклеў арнаўлы қоры шөлкемлестириледи. Бул қорды Фермерлер ҳәм дийқанлар кеңеси барлық районларда шөлкемлестирип, өзи басқарады. Бюджеттен ҳәр бир район қорына 10 миллиард сумнан өткерип бериледи;
- 422 мәҳәллениң қәнигелесиўинен келип шығып, шаңарақлық исбилерменлик бағдарламаларына ҳәр жылы 650 миллиард сумлық кредитлер ажыратылады;
- Мойнақ районындағы жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўындағы исбилерменлер ҳәм пуқаралар ушын келеси 10 жылда жер, мүлк, суў салығы, социаллық, пайда, дәрамат ҳәм айланба қаржылардан алынатуғын салық ставкалары 1 процент етип белгиленеди;
- 50 миллиард сумға тең болған жойбарлар бойынша электр, тәбийғый газ, суў ҳәм жол тармақларын өткерип бериўди мәмлекет толық жуўапкершилигине алды;
- 45 жаңа киши санаат зонасы қурылады ҳәм буған бюджеттен дәслепки басқышта 100 миллиард сум бериледи, дерлик 25 мың жаңа жумыс орны жаратылады;
- санаат тармақларында 5 миллиард 100 миллион долларлық 2 мыңнан аслам инвестициялық жойбарлар шеңберинде 76 мың жаңа жумыс орны шөлкемлестириледи.
- аймақтың экспорт көлемлери кеминде 4 есеге көбейтилип, 500 миллион долларға жеткериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
