Бүгин, 22-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик миниятрлиги мәжилислер залында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасындағы исенимли ўәкили Данияров Абатбай Сапарбаевич ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасында брифинг өткерди.- Өзбекстанныӊ ишки ҳәм сыртқы сиясаты, елимиздиӊ келешеги ҳәм тәғдири менен тиккелей байланыслы болған оғада әҳмийетли социаллық-сиясий ўақыя – Президент сайлаўы болып есапланады. Усы болып өтетуғын сайлаўға талабанлардың сайлаў алды бағдарламаларын кең жәмийетшиликке анық фактлер менен түсиникли етип жеткерип бериўде ғалаба хабар қуралларының орны айрықша. Сонлықтан, биз бүгин орынларда халық пенен ушырасыўларды басламастан алдын сиз ғалаба хабар қураллары менен ушырасып алыўды мақул деп билдик, - деди исенимли ўәкил Абат Данияров брифингте.
Илажда А.Данияров сайлаўшыларды Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан-Либерал демократиялық партиясынан талабан Ш.М.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасы менен хабардар етиў мақсетинде республикамыздың барлық қала ҳәм районларында ушырасыўлар өткериў белгиленгенлиги ҳәм ушырасыў графиги тастыйықланғанлыгын мәлим етти.Сондай-ақ, президентликке талабан Ш.Мирзиёев халық ишинен шыққан, халықтыӊ дәртин сезинетуғын, халықтың аўырын жеңил қылыў, пәраўанлығын тәмийинлеўди өзиниң турмыс философиясы ҳәм искерлиги мақсетине айландырған ҳақыйқый жанкүйер жолбасшы екенлигин тәрийплеп, өмир ҳәм мийнет жолы менен таныстырды.
“Инсан қәдири ушын” уранын илгери сүрип атырған талабанның Жаңа Өзбекстан қурамында Жаңа Қарақалпақстанды қурыў басламасы путкил қарақалпақстанлылар турмысында түп өзгерислерге тийкар болыўы ҳәм оның ушын барлық аймақларда сайлаўшылардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаған ҳалда 5 жыллық стратегия әмелге асырылыўын айрықша атап өтти.Makan.uz
