✅Дизимге алынған барлық талабанлар тең ҳуқықларға ийе болады.
Талабанлар сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў, сайлаў алды жыйналысларында, телевидение ҳәм радио арқалы сөзге шығыў ўақтында өндирислик яки хызмет ўазыйпаларын атқарыўдан орташа айлық ис ҳақысы сақланған ҳалда азат болыў ҳуқықына ийе.
Талабанлар дизимге алынғаннан кейин Өзбекстан Республикасы аймағы шеңберинде мәмлекетлик жолаўшылар транспортының барлық түрлеринде (буған қалалық жолаўшы транспорты, такси ҳәм басқа транспорт түрлериниң буйыртпа жөнелислери кирмейди) бийпул жүриў ҳуқықына ийе.
Талабанлардың хызмет сапары ҳәм басқа қәрежетлери сайлаўды өткериў ушын ажыратылған қаржылар есабынан төленеди.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының келисимисиз жынайый жуўапкерликке тартылыўы, қамаққа алыныўы яки оларға суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жаза шаралары қолланылыўы мүмкин емес. Бундай келисим берилген жағдайда, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Орайлық сайлаў комиссиясын бул ҳаққында дәрҳал хабардар етеди.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды мәжбүрий келтириўге, сондай-ақ, олардың жеке буйымларын, жүгин, транспортын, турақ жайын ҳәм хызмет бөлмелерин көзден өткериўге жол қойылмайды.
ҚР Әдиллик министрлиги.
