«Өзбекстан Ишки ислер министрлиги дерлик барлық жергиликли бөлимлерин электрошок аппаратлары менен тәмийинледи», - деп хабар бермекте ИИМ баспасөз хызмети.Электрошокерлер, электродубинкалар ҳәм электропистолетлетлер ишки ислер органы хызметкерлерине жол-патруль хызметин ҳәм жәмийет режимин тәмийинлеўи ушын бериледи.
Ҳуқық қорғаў уйымы хызметкериниң арнаўлы қураллардан, атап айтқанда, электрошокерден пайдаланыў тәртиби Өзбекстанның «Ишки ислер шөлкемлери ҳаққында»ғы нызамы, сондай-ақ, Ишки ислер министрлигиниң тийисли көрсетпеси тийкарында белгиленеди.
«Ишки ислер министрлиги тәрепинен тастыйықланған ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен келисилген арнаўлы таярлықтан өткенин тастыйықлайтуғын сертификатты алған хызметкерлерге электрошокердан пайдаланыўға рухсат бериледи», — деп қосымша етеди баспасөз хызмети.
Ишки ислер шөлкемлери хызметкери электрошокерден өзине ямаса пуқараға етилген ҳүжимди қайтарыўда, жынаятты ямаса ҳуқықбузарлықты тоқтатыўда, жынаятқа қол урған адамды қамаққа алыўда ҳәм жасырыныўға урынғанда, қолға алынған пуқараларды ҳәм имаратларды азат етиўде, сондай-ақ, ғалабалық тәртипсизликлердиң алдын алыўда пайдаланыўы мүмкин.
Өзбекстанда пайдаланылатуғын электрошокерлер Россияда «Март групп» заводы тәрепинен ислеп шиғарылады.
Makan.uz
