logo

Алтын «iPhone 13»лердиң баҳалары мәлим етилди

«Caviar» зергерлик компаниясы «Total Gold» атлы алтын «iPhone»лардың топламын таярлағанын мәлим етти.

«Daily Mail» басылымының жазыўынша, бул смартфонлардың баҳасы 48 мың долларға шекем болады.

Компания 99 «iPhone 13 Pro» ҳәм «iPhone 13 Pro Max» модельлерин саўдаға шығарады. Оларда 18 каратқа шекем сап алтын қолланылған.

Усыныста айтылыўынша, өнимлер көркемленген барокко усылында ислеп шығарылған болып ол ийесиниң үстинлиги ҳәм жоқары статусын сәўлелендиреди.

Әпиўайы «iPhone Pro Max»тың баҳасы 1099 долларды қурайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар