logo

Мүддетинен бурын даўыс бериў тәртиби қандай?

Сайлаў күни өзи жасайтуғын жерде болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс бериў ҳуқықына ийе. Мүддетинен бурын даўыс бериў сайлаўға 10 күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға 3 күн қалғанда жуўмақланады.

Мүддетинен бурын даўыс бериўди әмелге асырыў ушын сайлаўшы сайлаў күнинде бола алмаўының себеплери (мийнет демалысы, хызмет сапары, шет елге шығыў ҳәм т.б.) көрсетилген арза тийкарында тийисли участкалық сайлаў комиссиясынан сайлаў бюллетенин алады.

(Орайлық сайлаў комиссиясының усы жыл 5-октябрьдеги 1142-санлы қарарына тийкар мүддетинен бурын даўыс бериў 14-20-октябрь күнлери азанғы 09:00 ден кешки 19:00 ге шекем әмелге асырылады).

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 57-статьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар