logo

Жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациядан жығылған студентлерге ҳәр оқыў жылында имтиханды еки мәрте қайта тапсырыў ҳуқықы берилди

Жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациялық имтиханнан өте алмаған питкериўши кейинги ҳәр бир оқыў жылында (3 жыл даўамында) өз арзасына муўапық 2 мәртеге шекем имтиханды қайта тапсырыў ҳуқықына ийе.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, алдынғы тәртип бойынша питкериўши жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациялық имтиханынан өте алмаған жағдайда келеси жыллары қайта тапсырыў ҳуқықына ийе еди. Бул жағдай студент ушын бир қанша қыйыншылықлар, атап айтқанда, оның бир жыллық қымбатлы ўақтын мақсетли сарплай алмаўына себеп болып келген.
«Буннан былай студентлер тәрепинен қайта тапсырыў ҳаққындағы арзалар жыйналыўына қарай бир оқыў жылында еки мәртеге шекем мәмлекетлик имтиханларды қайта тапсырыў имканияты жаратылды», – деп жазылған Әдиллик министрлиги хабарында.


Ислам Матеков
Karinform.uz

Соңғы жаңалықлар