Бул хаққында Өзбекстан Республикасы жәмийет қәўипсизлиги концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында"ғы пәрманы менен тастыйықланған жәмийет қәўипсизлиги концепциясысына тийисли стратегияда белгилеп қойылған. Белгили болыўынша, жәмийет қәўипсизлиги концепциясына байланыслы Президент пәрманы менен тастыйықланған стратегияға көре, мектепке шекемги ҳәм улыўма билим бериў мекемелерине жақын жолларда тезлик нормасы кескин кемейтириледи. Сондай-ақ, бул норма барлық орында қатаң белгилениўи айтылған.
Улыўма билимлендириў мәкемелеринде "Ҳәрекет қәўипсизлиги класлары", мәхәллелерде "Жол ҳәрекетин үйретиў майданшалары" шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, мектепке шекемги мәкемелерде балаларға жол ҳәрекети қәўипсизлиги тийкарларын оқытыў системасын жариялап, жолларда ҳәм пиядалар өтиў орынларында ҳәрекетлениў тийкарларын әмелий ҳәм көргизбели түрде уйретиў жолға қойылады.
