logo

Сурхандәрьядағы жарылыў теракт болыўы мүмкинбе?

Хабарыңыз бар, бүгин, 7-декабрь күни Сурхандәрья ўәлаятының Денов районындағы саўда имаратында жарылыў жүз берди. Нәтийжеде, 10ға жақын адам жарақатланып, 2 адам қайтыс болды. 

Усы ўақыя бойынша өз алдына Ҳүкимет комиссиясы дүзилиўи, ўақыя орнына Бас министр орынбасары Очилбой Раматовтың жетип барыўы «теракт болдыма?» деген сораўларды ортаға шығармақта. Qalampir.uz басылымы усы сораў менен Ишки ислер министрлиги баспасөз хаткери Шоҳруҳ Ғиёзовқа жүзленди. 

«Биздиң топарымыз таңда самолёт пенен ўақыя орнына жетип барды. Бирлемши мағлыўматларға көре, саўда имаратында техникалық қәўипсизлик қағыйдаларына әмел қылынбаған. Бәрше техникалар ўақыя орнына алып келинген ҳәм жағдайдың келип шығыўы себеплери үйренилмекте. Ҳәммеси администрацияның бақлаўы астында», дейди Шоҳруҳ Ғиёсов. 

Ҳәзирги ўақытта ўақыя орнында болған Айрықша жағдайлар министрлигиниң арнаўлы топары да қутқарыў-тексериў ислерин алып бармақта. Объекттен теракт итималын келтирип шығарыўшы материаллық дәлиллер таўылғанба? Жарылыў алдыннан жобаластырылған болыўы мүмкинбе? Бул сораўларға Айрықша жағдайлар министрлиги баспасөз хаткери Мурод Содиқовтан да жуўап алыўға ҳәрекет етилди. 

«Дәслепки мағлыўматларға көре, жарылыў газ ҳәм ҳаўа араласпасы нәтийжесинде келип шыққан. Теракт болғаны ҳаққында мағлыўматлар келип түспеген», дейди Мурод Содиқов.

Соңғы жаңалықлар